Kitapxana tariyxı

Қарақалпақстанда китапхана тармақлары (Қарақалпақстан Республикасы Мәлимлеме-китапхана орайы) Төрткул (бурынғы Петроалександровск болған) қалалық китапханасы болып, ХIХ әсирдиң 90 жыллары шөлкемлестирилген. Оның биринши китап фонды адамлардың өзлериниң жеке китапханаларынан әкелип берген китапларынан дузилген. 1907 жылы 7-мартта «Қалалық көпшилик китапхана» деген рәсмий бийликке ийе болған. Улыўма шөлкемлестириў жыйналысында оның уставы тастыйықланды ҳәм 41 ағза қурамында комитет сайланды. Китапхана қала халқына өзиниң китапларынан, газета-журналларынан пайдаланыў ҳуқықына ийе екенлигин усыныс етти.

Китапхананың қаржысы-қалалық напақалардан, китапхананың ағзалары ҳәм жазылыўшылар төлеминен, айырым шөлкемлердиң ҳәм адамлардың қайырқомлық жәрдеминен жыйналған. Устав бойынша китапхананың ағзалары ҳәм жазылыўшылары жасы жетпегенлер, оқыў орынларының оқыўшылары, төмен табақалы адамлар ҳәм суд арқалы ерки шегараланған адамлардан басқа ҳәмме жыныстағы адамлар болыўы мүмкин болды.

1912-жылы китапхана фонды журналларды есапқа алғанда 3300 атамадан ибарат болды. Китапхананың ашылғанына 100 күн болғанда оған 697 адам келди ҳәм үйлерине оқыў ушын 2032 атамада әдебиятлар алды. (Еслетпе: ҳәмме оқыў орынларының бөлимлеринде 1916 жылы ҳәммеси болып 1647 китап болған.)

1919-жылы апрельде жумысшылар ҳәм әскерлер депутаты кеңесинде китапхананы миллийлестириў бойынша бурынғы патша ҳәмелдарларынан (чиновниклери) ҳәм ири ислеп шығарыў өндирис ийелеринен комиссия дүзилди. 

Май айында Төрткүлдеги Новикова жеке китапханасын ҳәм бурынғы патша администрациясы китапханасы ҳәм басқа да жыйналған китаплар комиссия қурамы тәрепинен миллийлестирилди. Қалалық китапхана базасында Төрткүлхалық (кейин ала орайлық (республикалық) Хорезм) китапханасы болып қайта дүзилген, китапхана жети мыңнан аслам китап ҳәм басқа да баспаларға ийе болды.

1920-жылы мәденият раўажлана баслады. Қалада китапхана тармақлары ҳәм клублар көбейе баслады, ауылларда қызыл чайхана, оқыўханалар ҳәм қызыл үй, Шығыс ҳаялларының «Ҳүжим» азатлық ҳәрекетлеринде ҳәм басқаларда  билимлендириўге белсене қатнасады. 1921 жылы август айында Қарақалпақстанда 6-чайхана, 8-оқыўхана ашылды. 1927-1928 жылларда 13-қызыл чайхана, 9-китапхана ҳәм қызыл үй ашылды. 1933-жылы 43-китапхана, 41-қызыл чайхана, 71-оқыўхана ашылды. 1940 жылда республикада 195-китапхана есапқа алынды.

Урыстан кейинги жылларда 176 китапхана (Өзбекистан бойынша 1774) болып, солардан: 1-республикалық, 16-районлық ҳәм қалалық, 6-ауыллық, 2-балалар китапханасы, 116-таяныш қызыл чайхана, оқыўханалар ҳәм басқалар. 1950-жылдың орталарына келип 293-китапхана ҳәм 117-оқыўханалар ислеп турды. 1962 жылы Республикалық балалар китапханасы ашылды. Көзи әззилерге хызмет ететуғын 5-китапхана адамларға хызмет етип турды. Олар: Республикалық көзи әззилер китапханасы (1966 жылы ашылған), Хожели (1970 ж.), Әмиўдәрья, Беруний, Шымбай (1972 ж.) ҳәм басқалар. 1927-жылға салыстырғанда китап фонды барлығы болып 16000 данаға ғана жетти, 1965 жылы 1140810 дана, 1978-жылы 3125790 дана, китап берилиўи 4452618, китап оқыўшы саны 301120 адамға жетти.

Қарақалпақстан Республикасы мәдений ағартыў хызметкерлери өзлериниң билимлерин Ташкенттеги үш жыллық мәдений ағартыў мектебинде, Москва, Ленинград қалаларындағы жоқарғы оқыў орынларында, Нөкистеги арнаўлы курсларда жетилистирип барды. Қәнийгелердиң жетиспегени ушын 1980 жыллары Мәденият министрлигиниң, Жоқарғы Кеңес ҳәм Министрлер Кеңесиниң сораныўы бойынша Өзбекистан Республикасы мәденият министрлигиниң қоллап-қуўатлаўы менен А.Қадирий атындағы Ташкент Мәмлекетлик мәденият институтында қарақалпақ группасы ашылды. Институт бойынша Өзбекистанның басқа областлары менен биргеликте Қарақалпақстанға да 10 библиограф китапханашыдан  таярланып жиберилди.

Бизиң  ҚР Мәлимлеме-китапханамыздың тарийхы Қарақалпақстан Республикасы Орайлык атқарыў комитетиниң (ЦИК) қарары ҳәм ҚР Халық Билимлендириў комитетиниң 1936 жыл 9-апрельдеги буйрығына муўапық Төрткүл китапханасы базасында дүзилген. Қарақалпақстан Республикасының пайтахты Төрткүл қаласынан Нөкис қаласына көширилиўине байланыслы, китапхана да Нөкис қаласына көширилди. Дәслеп китапхана 60 м/кВ майданнан көп болмаған 4 бөлмели имаратта жайласқан болып, 9,5 штат бирлигине ийе болған. Олардан бир бөлмеси 15 м/кв. майданға ийе болып, 10 орынлы оқыў залы болған, қалғанлары хызмет көрсетиў бөлими (№ 2), Китап фонды (№3) ҳәм канцелярия, архив, склад ҳәм басқалар (№4). Сол жыллардағы тийкарғы көрсеткишлер (ҚР мәмлекетлик архивинен алынған ҳүжжетлердеги мағлыўматлар бойынша): китап фонды- 24430 дана, китап оқыўшылар саны-500, кунлик қатнас-70 адам болған.

1941 жылға келип китап фонды 31046 дана, улыума баҳасы  64080 руб.1944 жылы китап оқыўшылардың талаплары бойынша китапханалар аралык абонемент арқалы орайлық Москва, Ленинград (ҳәзиргиСанкт- Петербург) ҳәм басқа да қалалардан уақытша пайдаланыў ушын китаплар жазылып алынып турылған.

Ҳәзирги күни китапханада 230000 нан аслам китап қоры, 24770 журналлар, 3816 газеталар жыйнағына ийе, китап окыушылар саны 13000 га  жетти. Китапханамызда 1941 жылдан баслап сақланып киятырған жергиликли  газеталар «Қызыл  Қарақалпақстан» нан тартып ҳәзирги күнге шекем 593 атамадагы газета ҳәм журналлар сақланбақта.

Орта Азия тарийхы ҳәм әдебиятына тийисли  баспалардан  китап оқыўшылар пайдаланбақта, олардын арасында Ибн  Синоның «Тиб қонунлари» (ХVIәсир) Алишер Науайы, Фирдауси, Бердақ, Әжинияз шығармалары, сондай-ақ «Қырық қыз» «Алпамыс», «Баҳадыр», «Едиге» дәстанлары, энциклопедиялар, көп томлы шығармалар тарийхый материаллар китап қорымыздан кең орын алған.

Ҳәзирги күнде Қарақалпақстан Республикасы Мәлимлеме-китапхана орайында китап оқыўшылар саны күннен-күнге өспекте.  Бул жәмийетимиздиң жаңа өзгерислерге қаратылған жол алыўы менен байланыслығынан дерек береди.

 

Қысқа тарийхый мағлыўмат:

1936-2006-ж. Қарақалпақстан Республикасы Республикалық китапхана деп, ал 2006 жылдан баслап ҳәзирге кунге шекем  Қарақалпақстан Республикасы Мәлимлеме-китапхана орайы деп аталады.

 

Биринши директорлар: Жыллар: 

Алламбергенов Данияр (мағлыўматлар сақланбаған) 1936-1941

Галеутдинов 1941-1952

Камалов Алькуат (Мойнақ қаласында туўылған) 1952-1954

Нурмухамедова 1954-1955

Маханова 1955-1955

Амирова Хаят Набиевна 1955-1956

Катышева Полина Филипповна (кейинрек Москваға келген) 1956-1957

Амирова Хаят Набиевна 1957-1967