Миннетдаршылық!
Илим, билим, мәденият раўажланып атырған дәўирде, жаслардың интеллектуал уқыплылығын, епшиллигин өсириў, дүнья қарасын раўажландырыў ҳәм китапқа болған меҳирин күшейтиў, елимиз ушын зәрүр болған кадрларды, руўҳый жақтан жетик жасларды тәрбиялаўда китап ҳәм китапхана тийкарғы роль ойнайды.
Қарақалпақстан Республикасы Мәлимлеме китапхана орайының тийкарғы ўазыйпаларынан бири - руўҳый азық беретуғын, билимге бай болған тарийхый - мәдений мийрасларымызды, баспа шығармаларын топлаў, сақлаў ҳәм ондағы хабарларды китап оқыўшыларға ҳәм келешек әўладқа жеткерип бериўден ибарат. Усындай ийгиликли ислерде республикамызға белгили болған жазыўшы ҳәм шайырларымыз, авторларымыз:
|
Шарап Уснатдинович Уснатдинов "Полат Мадреймов биринши қарақалпақ балетмейстери" |
|
Сағындық Дәўлетиярович Ниетуллаев "Исеним" |
|
Азат Оразбаевич Сейдеметов "Амангелди батырдың урпақлары" |
|
Есенбай Ерманов "Дәўлет қусы" |
|
Зийўатдин Лепесов "Сени ойлайман" |
|
Зияда Бекбергенова "Ҳәзирги қарақалпақ поэзиясында фольклорлық дәстүрлер" |
|
Камал Палымбетов "Қорқыт Ата китабы", Қарақалпақ дәстанлары" |
|
Бийбисәнем Юсупованың "И.Юсупов шығармалары тилинде келбетликтиң стильлик хызметлери" атамасында монографиясы, Ташкент қаласы, Tafakkur qanoti баспасынан шыққан. баспасынан шыққан.3 дана |
|
B. Yusupovanin "Qaraqalpaq tilinin frazeologiyasi" атлы оқыу қолланбасы. Ташкент қаласы, Tafakkur qanoti баспасынан шыққан. баспасынан шыққан. 2 дана |
|
Жуўаплы редактор Б.Т.Юсупованың "Қарақалпақ тили фразеологиясының актуаль мәселелери" атлы китабы Нөкис, Қарақалпақстан баспасынан шыққан.2 дана |
ҳәм басқада жазыушы-шайыр, алымларымыз китапларын орайымызға саўға етип өзлериниң үлеслерин қоспақта.
Сизлерге Қарақалпақстан Республикасы Мәлимлеме-китапхана орайы жәмәәти ҳәм көп санлы китап оқыушылар атынан миннетдаршылығымызды билдиремиз ҳәм дөретиўшилик жумысларыңызда үлкен табыслар, алдағы уақытларда китапхана орайымыздың жанкүйерлери көбейе бериўине тилеклеспиз ҳәм сизлерден жаңа шығармалар күтип қаламыз.