«Айт сен Әжинияздың қосықларынан» атамасында әдебий кеше өткерилди
2019-жыл 12 апрель күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Қарақалпақстан Республикасы Мәлимлеме китапхана орайының китап оқыўшылар клубы ағзалары болған студент жаслары менен биргеликте Қарақалпақ халқының классик шайыры Әжинияз Қосыбай улының туӯылғанына 195 жыл толыў мүнәсибети менен «Айт сен Әжинияздың қосықларынан» атамасында әдебий кеше шөлкемлестирилди. Кешеде Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң филология факультетиниң оқытыӯшысы, филология илимлериниң кандидаты Ж. Сағыйдуллаева, Мәлимлеме ресурс орайы қәнигеси Р.Қалмурзаева, Қарақалпақстан Республикасы Мәлимлеме китапхана орайының китап оқыўшыларға хызмет көрсетиў бөлими баслығы Ж. Тлеубаева, улыўма оқыўшылар залы секторы баслығы Г. Жалекеева, Нөкис қаласындағы 33- мектеп оқыўшылары ҳәм китап оқыўшылар клубы ағзалары қатнасты. Кешеде Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң филология факультетиниң оқытыӯшысы, филология илимлериниң кандидаты Ж. Сағыйдуллаева -Шайырдың шығармаларын үйрениў бул әдебиятымызды кеңнен үйрениў ҳәм қарақалпақ классик поэзиясы әлемине кириў деген сөз. Ҳақыйқатында да уллы бабамыздың қосықларында Ўатан сүйиўшилик сезимлери, терең лирикалық ишки кеширмелер ҳәм инсанның әжайып пазыйлетлери, философиялық формадағы дидактикалық ой-пикирлерди көриўимизге болады. Әжинияз шығармалары бүгинги күнде де, келешекте де өзиниң баҳалы қунын жойытпайтуғынлығы ҳаққында айтып өтти.
Қарақалпақстан Республикасы Мәлимлеме китапхана орайының китап оқыўшыларға хызмет көрсетиў бөлими баслығы Ж. Тлеубаева Әжинияз Қосыбай улының қәлемине тийисли болған китаплар менен таныстырып өтти. Китап оқыўшылар клубы ағзалары Әжинияз Қосыбай улының қосықларынан оқыды ҳәм дуўтар менен жанлы ҳаўазда қосықлар айтып кешени жуӯмақлады.