No icon

ҚР Мәлимлеме китапхана орайында «Китапқумарлық – келешек жемиси» атамасында сәўбетлесиў кешеси өткерилди

2019-жыл  16- апрел күни Қарақалпақстан Республикасы Мәлимлеме китапхана орайында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети китап оқыўшылар клубы ағзалары менен биргеликте «Китапқумарлық  – келешек  жемиси» атамасында  сәўбетлесиў кешеси болып өтти.  Кешеге   Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети китап оқыўшылар клубы ағзаларының басшысы, Мәлимлеме-ресурс орайының қәнигеси Раўшан Қалмурзаева, Қарақалпақстан Республикасы Мәлимлеме китапхана орайының китап оқыўшыларға хызмет көрсетиў бөлим баслығы Жибек Тлеубаева,  үлке таныў сектор баслығы Амангул Халмуратова ҳәм китап оқыўшылар клубы ағзалары қатнасты. Кешениң мақсети - уллы жазыўшы ҳәм шайырларымыздың бийбаҳа мийрасын, ибиратлы турмыслық ҳәм дөретиўшилигин ҳәр тәреплеме  терең үйрениў ҳәм үгит -нәсиятлаў, жасларды өзликти аңлаў, миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятларға ҳурмет руўҳында тәрбиялаў, олардың арасында китапқумарлық  мәдениятын  асырыӯ болып есапланады. Кеше даўамында китап оқыўшыларға хызмет көрсетиў бөлим баслығы  Ж. Тлеубаева - китапханашылардың ўазыйпасы  китапқумарлық мәдениятын  асырыў, жас әўладтың интеллектуал билимин күшли, баркамал жетик инсан болып  камал табыўын күшейтириўден ибарат екенлиги ҳаққында айтып өтти.
Кеше даӯамында үлке таныў  сектор баслығы А. Халмуратова китапхана орайы фондындағы  Уткир Ҳошимовтың  қәлемине тийисли болған «Икки эшик ораси», «Дунёнинг ишлари»  шығармалары менен таныстырды ҳәм клуб ағзалары бир бири менен  өзлери оқыған шығармалары ҳаққында сәўбетлести. Кеше соңында қатнасыўшылар өзлериниң қызықтырған көплеген сораўларына жуўаплар алды.

Комментарий жазыўшы:

Комментарий (0)