No icon

“Unitel” ЖШЖ Нөкис қаласындағы қурылысы питкен телекоммуникация объектлери пайдаланыўға қабыл етилди.

Өзбекстан Республикасы Мәлимлемелестириў ҳәм телекоммуникациялар тараўында қадағалаў бойынша мәмлекетлик инспекциясыныӊ қурылысы питкен телекоммуникация объектлери пайдаланыўға қабыл етиў ҳаққындағы бийлигине тийкарлана отырып, Мәмлекетлик инспекцияныӊ Қарақалпақстан Республикасы аймақлық инспекциясы жуўапкерли хызметкерлери 2019 жыл апрел айында “Unitel” ЖШЖниӊ Нөкис қаласындағы қурылысы питкен телекоммуникация объектлери пайдаланыўға қабыл етиў комиссиясы жумысында қатнасты.
Комиссияға усынылған қурылысы питкен телекоммуникация объектлери ҳүжжетлерин таллаў ҳәм объектлерди орынларға барып көриў барысында анықланған кемшиликлер бойынша тийисли көрсетпелер берилди ҳәм мобил байланыс операторы тәрепинен кемшиликлер сапластырылғаннан соӊ қурылысы питкен телекоммуникация объектлери пайдаланыўға қабыл етилди.
Пайдаланыўға қабыл етилген усы объектлер иске түскеннен соӊ “Unitel” ЖШЖ тәрепинен Нөкис қаласында көрсетилип атырған мобил байланыс ҳәм интернет хызметлери сыпаты жәнеде асырыў мүмкиншилиги жаратылады.

Комментарий жазыўшы:

Комментарий (0)