
Қарақалпақ халық жазыўшысы Наўрыз Жапақов туўылғанының 105 жыллығына бағышланған китап көргизбеси
2019 жыл 23-июль күни Қарақалпақстан Республикасы Мәлимлеме-китапхана орайында жазыўшы, публицист, журналист, белгили мәмлекетлик ғайраткер болыў менен бирге қарақалпақ халқының дәстанларын жыйнаўда, оны баспадан шығарыўда үлкен үлес қосқан илимпаз Наўрыз Жапақов туўылғанының 105 жыллығына бағышланған «Елиниң ардақлы перзенти» атамасында китап көргизбеси шөлкемлестирилди. Н. Жапақов 1914-жылы Тахтакөпир районында дүньяға келген. 1930-жыл Коммуна мектебин питкерген ҳәм дәслеп мектепте муғаллим, әдебий хызметкер, «Жеткиншек» газетасында редактор, «Кызыл Қарақалпақстан» газетасында бөлим баслығы, соң Өзбекстан Илимлер академиясының Қарақалпақстан филиалының Н. Дәўқараев атындағы тарийх, тил ҳәм әдебият институтында фольклор секторының баслығы лаўазымында ислеген. Н. Жапақов өз халқының мәдений мийрасын жоқары илимий дәрежеге көтерип, оны басқа халықлардан кем емес, бай фольклорына, әдебиятына, миллий байлығына ийе халықлардың бири екенлигин дәлийллеген илимпаз. Қарақалпақстан Республикасы Мәлимлеме-китапхана орайындағы көргизбеге усынылған илимпаздың мийнетлери «Еске тусириўлер, илимий мийнетлер», «Шайыр сөзи», «Аяпберген Муўсаевтын творчествосы», «Шығармалар топламы. Том 1» «Шығармалар топламы. Том 2», «На берегах Аму» атлы ҳәм басқада шығармалары орын алған. Китапхана орайына келген китап оқыўшылар китап көргизбеден орын алған илимпазымыздың мийнетлери менен танысыў имканиятына ийе болады.