No icon

«Мәлимлеме-китапхана мәкемесиниң ең жақсы қәнигеси» таңлаўы шөлкемлестирилди.

Қарақалпақстан Республикасы  Мәлимлеме-китапхана орайында 2019 жыл 27 август күни  Қарақалпақстан Республикасы  Мәлимлеме-китапхана мәкемелери қәнигелери арасында «Мәлимлеме-китапхана мәкемесиниң ең жақсы қәнигеси» таңлаўы шөлкемлестирилди.

 Танлаўға – Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы директоры А.Бекмуратов, Қарақалпақстан Республикасы Мәлимлеме-китапхана орайы директоры  И.Шарапова,  директор орынбасары З.Сапарова,  ҚР Халық билимлендириў министрлигине қараслы  Республикалық мәлимлеме- ресурс орайы директорының орынбасары  Қ. Абипов,  ҚР Мәденият министрлигине қараслы  Республикалық көзи әззилер китапханасының китап оқыўшыларға хызмет көрсетиў бөлими баслығы М. Абдрамановалар қатнасты.

Таңлаўда  төрешилер қурамы баслығы  А. Бекмуратов- сөзге шығып, таңлаўдың Нызамы, мақсет ҳәм ўазыйпалары, шәртлери ҳәм талаплары менен таныстырды.

            Қарақалпақстан Республикасы Мәлимлеме-китапхана орайы директоры  И.Шарапова Қарақалпақстан Республикасы мәлимлеме-китапхана мәкемелеринде таңлаўдың  I басқышында жеңимпаз болғанлар -Мәлимлеме-китапхана орайынан,  Республикадағы жоқары оқыў орынларындағы Мәлимлеме-ресурс орайларынан, ҚР Халық билимлендириў министрлигине қараслы мәлимлеме-китапхана мәкемелеринен,  ҚР Мәденият  министрлигине қараслы  Республикалық көзи әззилер китапханасы ҳәм оның  районлық филиаллары қәнигелери көрик таңлаўдың II-басқышына усыныс етилгенлиги ҳәм қатнасып атырғанлығы ҳаққында айтып өтти.

II-басқышында таңлаў 3 шәртте алып барылды.

1-шәрт – Мәлимлеме-китапхана мәкемеси ҳаққында мағлыўматы.

2-шәрт- Мәлимлеме-китапхана тараўына байланыслы нормативлик ҳуқықый ҳүжжетлерге  тийисли сораўлар ҳәм компьютер саўатқанлығы бойынша тест сынаўлары.

3-шәрт -  Китап оқыўды ҳәм китапқумарлық мәдениятын үгит-нәсиятлаўшы китапханашы. Қатнасыўшылардың өзбек ҳәм жәҳән классик әдебиятларын билиў көнликпесин анықлаў.

            Таңлаў  қатнасыўшыларына берилген тема бойынша қатнасыўшылардың билимлери сыналды ҳәм таңлаў жеңимпазлары анықланды.

Мәлимлеме-китапхана орайының Мағлыўмат технология бөлими 1-категориялы китапханашысы Ниетбай Артиков,  Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Мәлимлеме-ресурс орайының Мәлимлеме-китапхана ресурсларын түплеў, каталогластырыў ҳәм системаластырыў бөлиминиң 1-категориялы китапханашысы  Назира Алламбергенова,   Нөкис районлық  Кутанкөл агроэкономикалық колледжи  Мәлимлеме-ресурс орайы  жетекши қәнигеси  Ерполат Салимов,  Халық билимлендириў министрлигине қараслы Хожели районлық 4-санлы мектеп китапханасы китапханашысы  Перуза Раймова, Республикалық көзи әззилер китапханасы Шымбай районлық  филиалы  баслығы  Махмуджан Қалыбековлар «Мәлимлеме-китапхана мәкемесиниң ең жақсы қәнигеси» көрик таңлаўы жеңимпазлары деп табылды ҳәм Ташкент қаласында өткерилетуғын Республикалық жуўмақлаўшы  3-басқышына қатнасыў ушын усыныс етилди.

Комментарий жазыўшы:

Комментарий (0)